ЖДСШ белгисиз эпидемияға алдыннан қатаӊ таярлық көрмекте

328

CОVID-19 пандемиясы инсаният ушын сабақ болды. Ҳәзир коронавирус пенен гүресиў тәжирийбесине ийемиз. Бирақ, қурбанлар көп болды ҳәм елеге шекем кеселлик мыӊлаған наўқаслардыӊ өлимине себеп болмақта.

Қәнигелердиӊ пикирине бола, келесшекте басқа патогенлер де пайда болыў итималы үлкен. Қоршаған орталықтағы өзгерислер, экологиялық машқалалар ҳәм биологиялық қуралланыў ҳәўиж алыўы буныӊ тийкарғы дәреги ретинде баҳаланбақта.

Соныӊ ушын ЖДСШ экспертлери “Х” кеселлигине қатаӊ таярлық көриў тәрепдары. Себеби белгисиз эпидемияныӊ қәлеген ўақтында пайда болыў қәўипи бар.

17-январь күни Швейцарияныӊ Давос қаласында өткерилетуғын Дүнья жүзилик экономикалық форумда усы мәселе де додалаўлар орайында болады. Онда ЖДСШ бас директоры Тедрос Гебреесус, “AstraZeneca” фармацевтика компаниясы директорлар кеӊеси баслығы Мишел Демаре, медициналық технологиялар ислеп шығарыўға қәнигелескен ”Philips“ компаниясыныӊ бас директоры Рой Якобс ҳәм басқалар қатнасыўы күтилмекте.

Илаж сайтында атап өтилиўинше, “Х” кеселлиги коронавирустан 20 есеге қәўиплирек тәсирлерди келтирип шығарыўы мүмкин. Сол себепли ЖДСШ барлық потенциал қәўипли патогенлер ушын вирусқа қарсы препаратларды алдыннан жаратыў зәрүр, деген жуўмақта.

Клиникалық сынақларға имканы болғанынша тезирек кирисилсе, эпидемия ўақтында тәжрийбелердиӊ екинши басқышы ушын ықтыярымызда дәрилер бар болады. Соныӊ ушын 2022-жыл ноябрь айында ЖДСШ белгисиз патогенди үйрениў ушын 30ға шамалас экспертлер топарын изертеўлерге тартқан.

Қарқалпақстан хабар агентлиги