“Бирден-бир Қытай” принципин қоллап-қуўатлаймыз” — Өзбекстан СИМ Тайвандағы сайлаўлар бойынша баянат берди

280

“Өзбекстан тәрепи Тайванда болып өткен сайлаўлар менен байланыслы жағдайды дыққат пенен бақлап бармақта.

“Бирден-бир Қытай” принципин қоллап-қуўатлаймыз ҳәм Қытай Халық Республикасы ҳүкимети Қытайдыӊ бирден-бир нызамлы ҳүкимети, Тайвань болса Қытай аймағыныӊ ажыралмас бөлеги екенин және бир мәрте мәлим етемиз.

Өзбекстан Республикасы еки жағалық арасындағы қатнасықлардыӊ тыныш жол менен раўажланыўыныӊ исенимли тәрепдары ҳәм ҚХР ҳүкиметиниӊ Қытайды бирлестириў жолындағы барлық ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайды”, делинеди Сыртқы ислер министриниӊ билдириўинде.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги