Қытайдыӊ “Betavolt” компаниясы “BB100” қолайлы ядро қуўатлағышты (батарея) жәриялады. Оныӊ өлшемлери 15х15х5 мм (тийиннан кишкене). Ол 100 микроватт қуўатлық ҳәм 3 ваттлы күшлениў ислеп шығарыўы мүмкин. Компанияныӊ пикирине бола, бул 50 жыллық үзликсиз ислеў ушын жетерли.

Компания смартфонлар, дронлар, медициналық үскенелер, аэрокосмослық ҳәм басқаларда пайдаланыў ушын усы қуўатлағышты (батарея) ислеп шығарыўды жолға қойыў нийетинде.

Атап өтилиўине қарағанда, қуўатлағыш (батарея)  “пүткиллей қәўипсиз ҳәм сыртқы нурланыўға ийе емес” ҳәм -60° тан 120°қа шекемги болған температураға да шыдай алады.

“Betavolt” компаниясыныӊ ўәкиллери 2025-жылға шекем 1 ваттлы версияны шығарыўды режелестирмекте.


Ибрагим Утеулиев,

ҚМУ, сыртқы бөлими журналистика

тәлим бағдары 2-Б курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги