Берунийде 3 пуқараға айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде еткен алдаўшы қолға алынды

633

Бас прокуратура жанындағы Департамент ҳәм МҚХның Беруний районлық бөлимлери тәрепинен ИИМ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда пуқара З.Д. 3 пуқараны таныслары жәрдеминде айдаўшылық гүўалығын алыў ушын болып өтетуғын имтиханнан өткерип, айдаўшылық гүўалығын алып бериўи есабынан пуқара Ж.К.дан  2 100 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлық дәлийллер менен қолға алынған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьясы (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги