Конституциялық суд судьяларының ўәкиллик мүддети өзгерди

Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-895-санлы, 12.01.2024 ж.) менен «Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Оған бола, Конституциялық суд референдумға шығарылып атырған мәселелердиң Конституцияға муўапық екени ҳаққында жуўмақ береди.
Конституциялық суд бул категориядағы мәселелер бойынша тийисли ҳүжжетлер алынған күннен баслап 15 күннен кешиктирмей қарар қабыл етеди.
Сондай-ақ, киргизилген бул категориядағы мәселелер бойынша тийисли ҳүжжетлер алынған күннен баслап 15 күннен кешиктирмей қарар қабыл етеди.
Сондай-ақ, киргизилген өзгериске бола, Конституциялық судының судьялары қайта сайланыў ҳуқықысыз 10 жыллық мүддетке сайланады (бурын биринши рет 5 жылға, екинши рет 10 жылға сайланған).
Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги