Кегейлиши оқыўшы АҚШ университетине оқыўға қабылланды
Кегейли районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 9-санлы айырым пәнлерден тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыўма орта билим бериў мектеби райондағы ең үлгили оқыў дәргайларының бири болып есапланады.
Бүгинги күни 687 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алып атырған бул мектепте 85 муғаллим оқыўшыларға сабақ бермекте. Соны айрықша атап өтиўимиз керек, усы муғаллимлердиң тоғызы өз пәнлери бойынша халықаралық сертификатқа, 2 муғаллим миллий сертификатқа ийе.
«Устазы күшлиниң устамы күшли»-дегениндей усы тәжирийбели муғаллимлердиң шәкиртлери де район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип, мектеп жәмәәтиниң абырайына абырай қоспақта.
Атап айтқанда, усы жылдың өзинде инглис тили бойынша 5 оқыўшы В2 дәрежедеги халықаралық миллий сертификат алыўға ерискен болса, 1 оқыўшы халықаралық С1 сертификатын алыўға миясар болды.
Елимизге кирип келген жаңа жыл басы мектеп жәмәәти ушын және бир хош хабар менен басланды. Себеби, мектептиң 11-класс оқыўшысы Әсем Кузенбаева сырт еллердиң жоқары оқыў орынларына имтихан тапсырып, Америка Қурама Штатының Колорадо мәмлекетлик университети ҳәм Аризона университетине грант тийкарында тиккелей оқыўға қабыл етилди.

Әлбетте, Әсем Кузенбаеваның бул жетискенлиги мектептеги басқа да оқыўшыларға үлги болары анық.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы