Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар!
Ҳүрметли Қураллы Күшлеримиз ветеранлары!
Қәдирли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли сәне – Өзбекстан Қураллы Күшлер дүзилгениниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылар күни менен қызғын қутлықлайман.
Халқымыз сизлер сыяқлы мәрт әскерлеримиз тымсалында Ўатанды қорғаўдай дүнья жүзиндеги ең уллы исти мақтаныш пенен орынлап, Жалолиддин Мангуберди, Әмир Темур, Бабур Мырза сыяқлы уллы ата-бабаларымыздың абырайлы дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирип киятырған ана ўатанымыздың ҳақыйқый қалқанларын көреди.
Мине усы қутлы байрамда бәршемиз сизлердиң күшли ерк-ықрарыңыз, жаўынгерлик руўхыңыз ҳәм белсендилигинизге қарап, Ўатанымыз ғәрезсизлиги, халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмысы, шегараларымыздың қол қатылмаслығы беккем исенимли қолларда екенин және де терең сезбектемиз.
Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында ерисип атырған барлық жетискенликлер ҳәм шеклеримизде Қураллы Күшлеримиз және олардың қатарларында өз ўазыйпасын шын кеўилден атқарып атырған мыңлаған әскерлеримиздиң мүнәсип үлеси бар, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Халқымыздың ҳақыйқый улларына тән пазыйлетлер улығланатуғын мине усы умытылмас мәўритлерде Ўатан алдындағы миннетлемесин орынлаў ўақтында қаҳарманларша қайтыс болған батыр жаўынгерлеримизди еске алып, олардың мәңгилик естелиги алдында бас ийемиз.
Олар өзиниң мәртлиги ҳәм өшпес атлары менен елимиз кеўлинде мәңги жасайды, жаўынгерлик қатарларда олардың орны, әзиз естелиги ҳеш қашан умытылмайтуғынына исенимим кәмил.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Кейинги жылларда «Халық ҳәм армия – бир тән бир жан» деген ийгиликли идея тийкарында Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, әскерий қурылыс тараўын түп-тийкарынан модернизациялаў бойынша алып барып атырған реформаларымыз нәтийжесинде миллий армиямызда терең сапа өзгерислери жүз бермекте, оның қатарларында хызмет етиў түп мәнисинде абырай-мәртебеге айланып бармақта.
Бул бағдарда, әсиресе, жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған жумысларымыз айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Бүгинги күнде әскерий хызметкерлеримиздиң профессионаллық шеберлиги ҳәм абырай-мәртебеси дүнья жүзи көлеминде де артып бармақта. Буны мәмлекетимиз Қураллы Күшлер ўәкиллериниң абырайлы халықаралық әскерий жарысларда белсене қатнасып, жоқары орынларды ийелеп киятырғаны мысалында айқын көриў мүмкин.
Әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм ветеранларын социаллық қорғаў бойынша да комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Мине, усындай ҳәрекетлеримиз ҳәм Миллий армиямыз және халқымыздың жедел бирге ислесиўи себепли Қураллы Күшлеримиз мәмлекетимиздиң раўажланыўы, тынышлығы ҳәм турақлылығының исенимли кепилине, ҳақыйқый мәртлик мектебине айланбақта, деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар.
Қәдирли дослар!
Дүнья жүзи көлеминдеги ҳәзирги оғада қыйын жағдайда мәмлекетимиз қәўипсизлигин ҳәм мәплерин исенимли тәмийинлеў және де әҳмийетли ўазыйпамызға айланбақта.
Соны есапқа алған ҳалда, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында мәмлекетимиз қәўипсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин, жәмийетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, елимиздиң қорғаныў қәбилетин және де беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлеримизди раўажландырыў мәселелери тийкарғы бағдарлар етип белгиленди.
Усы тийкарда мәмлекетимиздиң әскерий-илимий ҳәм өндирислик потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, әскерлердиң жумысына санлы технологияларды кеңнен енгизиўге және де үлкен әҳмийет қаратамыз.
Уллы Әмир Темур бабамыз айтқанларындай, жеңис тәғдирин бәринен бурын әскердиң жаўынгерлик руўхы ҳәм таярлығы, руўхый қүдирети ҳәм беккем ерк-ықрары шешеди.
Сол себепли, миллий армиямыздың ҳақыйқый күш-қүдиретин белгилеп беретуғын қорқпайтуғын ҳәм ержүрек әскерлеримиздиң кеўлинде жаўынгерлик руўхын арттырыў, оларды ҳәр қандай қыйыншылық ҳәм сынаққа шыдамлы ҳәм мәрт етип тәрбиялаў буннан былай да дыққат орайымызда болады.
Әзиз Ўатан қорғаўшылары!
Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, ҳүрметли ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Жигерли Өзбекстан әскерлери – Ўатанымыз қорғаўшыларына данқлар болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы