Алдынғы әскерий хызметкерлер сыйлықланды

239

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Нөкис районында да 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 32 жыллық байрамы кең түрде белгиленип өтилди.

Атап айтқанда, усындай байрам кешеси район аймағында жайласқан әскерий бөлимде де болып өтти.

Оған райондағы сектор басшылары,  әскерий бөлимниң офицерлери ҳәм қатардағы әскерлер, олардыӊ шаӊарақ ағзалары қатнасты.



Кешеде район ҳәкими Зийўатдин Зайтов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды елимиздиң ең уллы байрамларының бири есапланған 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 32 жыллық байрамы менен қутлықлады ҳәм бир қатар алдынғы әскерий хызметкерлерге район ҳәкимлиги ҳәм әскерий бөлим тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлары менен естелик саўғалар тапсырылды.





Буннан соң районлық мәденият бөлими тәрепинен ана Ўатан, туўылған жер ҳәм миллий армияны жырлаўшы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылып, бул оларда умытылмас тәсирлер қалдырды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы