Руўхый тәрбия – келешегимиз кепили

Мүнәсибет
Елимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм өз-ара дослықта бирге ислесиў қатнасықлары кейинги тарийхый қысқа дәўир ишинде және де беккемленип, мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигиндеги орны ҳәм абырайы артып бармақта.
Соңғы жылларда руўхый-ағартыўшылық, жаслар тәрбиясы мәселелери мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.
Бирақ, ерисилген жетискенликлер менен шекленип қалмастан, және де жаңа шеклерге умтылыў, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, Жаңа Өзбекстанның нурлы келешеги ушын мүнәсип хызмет етиўши нәўқыран әўладты тәрбиялаў ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан болып есапланады.
Келешегимиз ийелери есапланған жасларымызды ҳәр қыйлы бузғыншылық идеялардан қорғаў, илим-билим ийелеп, үшинши Ренессансқа үлес қосатуғын пидайылар етип тәрбиялаў, устазлар менен қатар барлық тараў ўәкиллериниң, ата-аналарымыздың тийкарғы ўазыйпасына айланыўы керек.
Өткен жылдың 22-декабрь сәнесинде Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген 9 бағдардағы пикир ҳәм басламалар, жасларымыздың руўхый дүньясын жоқарылатыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли.
Ҳәзирги күнде дүньяның түрли еллеринде жүз берип атырған ҳәр қыйлы көринистеги келиспеўшиликлердиң барлығы да руўхый бослық ақыбетинде болып атырғанлығы ашынарлы жағдай.
Быйылғы жылы елимизде январь айында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажларының кең түрде өткерилип атырғаны, руўхый-ағартыўшылық бағдарында мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ўазыйпаларды, халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў имканиятын жаратпақта.
Бир атаның баласындай болып, уллы мақсетлер жолында бирлесип, ана – Ўатанымыздың раўажланыўына үлес қосып атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң беккем аўызбиршилигине, елимиздеги раўажланыўларға көз тиймесин.
Ю.Артыков,
Қанлыкөл районы ИИБ Жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында ҳуқықбузарлықтың алдын алыў топары аға инспекторы, майор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги