Тыныш турмысымыздың қәдирине жетейик

193

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 32 жыл толыўы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған ушырасыў ҳәм байрам кешеси болып өтти. Бул ҳаққында институт баспасөз хызмети хабар берди.

Институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров басқарып барған илажға Қарақалпақстан Республикасы Ветеранлар кеңесиниң баслығы, подполковник П.Ергунусов, аўған урысы ветеранлары У.Аллаяров, О.Төрениязов, Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизоны ҳәм әскерий бөлимлердиң командирлери, мүддетли әскерий хызметти атқарып атырған ер-азаматлар, соның менен бирге, факультетлердиң декан орынбасарлары, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң дүзилиўи, оны соңғы жылларда және де раўажландырыў, оның жаўынгерлик таярлығын жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халықаралық абырайын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўдағы реформалардың нәтийжелилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.



Өткен жыллар даўамында Өзбекстан Республикасын раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер, сондай-ақ, Раўажланыў стратегиялары ҳәм Қорғаныў докторинасы тийкарында әҳмийетли және тарийхый қарарлар қабыл етилди. әсиресе, елимиз көлеминде әскерий-ҳәкимшилик секторларының дүзилгенлиги, жергиликли бюджет қаржылары есабынан әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятларын жаратып бериўде исленип атырған жумыслар өз нәтийжелерин бермекте.

Атап айтқанда, миллий армиямыздың аймақлық, халықаралық рейтинглердеги, өткерилип атырған ҳәр қыйлы жарыслардағы көрсеткишлери жоқарыламақта. Бүгинги күнде Қураллы күшлеримиз дүнья жүзинде ҳәм FМДА, соның менен бирге, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жоқары орынларды ийелемекте.

Миллий, аймақлық ҳәм глобаллық қәўипсизликке қарсы ҳәр қыйлы қәўиплер жүз берип атырған бүгинги күнде халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмыста өмир сүриўи, шегараларымыздың пүтинлигин және қолқатылмаслығын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң алдымыздағы баслы ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Илажда усындай үлкен мақсетлерден келип шығып, Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға белгиленген Раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы жойбарында көрсетип өтилген жети баслы бағдардың бири елимиз қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық-айдын ҳәм прагматикалық, жедел сыртқы сиясат алып барыў екенлиги, сондай-ақ, олардан келип шығып әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Соның менен бирге, ветеран әскерий хызметкерлер жасларға өзлериниң өмир жолы, аўған урысының ақыбетлери ҳаққында айта келип, бүгингидей тыныш ҳәм парахат турмысымыздың қәдирине жетип, жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиздиң раўажланыўына үлеслерин қосыўға шақырды.

Илаж институттың талантлы студент-жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги