Азия конфедерациясына ағза 24 мәмлекеттиң сайланды командалары арасында қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы топардағы өзиниң дәслепки ойынын Сирия сайланды командасына қарсы өткерди.
Ойынның биринши таймында еки команда да теңдей ҳәрекет етти ҳәм дәрўазалар тәрепке анық соққылар болмады.
Екинши тайм басында сайланды команда бас тренери Сречко Катанес Ҳожиакбар Алижоновтың орнына Шерзод Насруллаевты, Ҳожимат Эркиновтың орнына Аббосбек Файзуллаевты ойынға түсирди ҳәм бул өзгерислер нәтийжесинде командамыз тәрепинен қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестириле баслады. Бирақ, бул ҳүжимлердиң көпшилигин Сирия дәрўазаманы өз ўақтында сапластырыўға еристи.
77-минутта сириялы футболшылар Өзбекстан сайланды командасы дәрўазасына гол урыўға еристи. Бирақ, офсайд себепли, төреши тәрепинен бул гол есапқа алынбады.
Солай етип, бул ушырасыў 0:0 есабы менен жуўмақланды ҳәм командалар өз есабына 1 упай топлаўға еристи.
Усы топардағы екинши ойында Австралия Ҳиндстан сайланды командасын 2:0 есабында жеңип шығып, «В» топарының жетекшисине айланды.
Өзбекстан сайланды командасы өзиниң екинши ойынын 18-январь күни Ҳиндстан сайланды командасына қарсы өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы