Ўатанды қорғаў – ҳәр биримиздиң миннетимиз

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни елимиз бойлап көтериңкилик пенен белгилеп өтилди.
Пайтахтымыздағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде де «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» жойбары шеңберинде сәне мүнәсибети менен «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» атамасында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.
Илажға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Р.Отарбаев, Жаўынгер ветеранлар ҳәм майыплар шөлкеминиң ағзалары қатнасты.
Онда Арқа-Батыс әскерий округиниң топар командирлери, аға лейтенант С.Жамалов, киши сержант Ш.Эргашев, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары О.Қыдырниязова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.



Илажда Ўатанымыздың ғәрезсизлигин және де беккемлеў, халқымыздың тынышлығын қәстерлеп сақлаў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мәрт әскерлеримизди ҳүрметлеп мәмлекетимиздиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги жолындағы хызметлерин қәдирлеў, сондай-ақ, ўатанды көздиң қарашығындай қорғаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлиги атап өтилди.
Илаж Нөкис қалалық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги