Бирге ислесиў және де кеңеймекте

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қытай Халық Республикасының «CHINT ELECTRIC» компаниясының ўәкиллери Хи Мин, Цуй Джи Ченг пенен ушырасыў болып өтти.
Еки тәреплеме ушырасыў даўамында басқарма баслығы Казбек Артықов Қарақалпақстан Республикасында өндиристи ҳәм санаат тараўын раўажландырыў бойынша инвесторлар ушын барлық қолайлы имканиятлар жаратылғанлығын атап өтип, тийисли мағлыўматлар берилди.

«CHINT ELECTRIC» компаниясы электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшы жетекши компаниялардың бири болып, санаатты автоматластырыў, электр жеткерип бериў ҳәм оны бөлистириў үскенелери, ыссылық электр станциялары ушын әсбап-үскенелер, өлшеў қурылмалары, қурылыс, электр буйымлары, автомобиль электротехникасы тараўларында электротехника өнимлерин ислеп шығарады.
Ушырасыў даўамында тәреплер Қарақалпақстан Республикасында электротехника ҳәм заманагөй информациялық технологиялар бағдарындағы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барып, пикир-усыныслар билдирилди.

Ушырасыў соңында тәреплер усы жылдың март айында қытайлы инвесторлар менен биргеликте «Чжэньцзян – Қарақалпақстан» бизнес форумын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги