Қураллы Күшлер – исенимли тирегимиз

Өзбекстан Республикасы ИИМ Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейинде де ўатан қорғаўшылары күнине бағышланып мәдений болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигине 32 жыл толыўы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен өткерилген бул илаж қатнасыўшылары дәслеп лицей оқыўшылары тәрепинен таярланған көргизбели шығыўлар ҳәм спорт жарысларын тамаша етти.


Шығып сөйлеўшилер 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» менен жыйналғанларды қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.





Президентимиздиң басшылығында Қураллы Күшлерде әмелге асырылып атырған реформалар, әскерий хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар, имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилип, ўатанымыздың ғәрезсизлигин және де беккемлеў, халқымыздың тынышлығын қәстерлеп сақлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлиги айрықша атап өтилди.
Илаж Нөкис қалалық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги