Ўатан қорғаўшылары ҳүрметке бөленди

204

Шоманай районындағы Мәденият сарайында 14-январь-Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери» дүзилгениниң 32 жыллығы ҳәм  Ўатан қорғаўшылары күни байрамына арналған кеше болып өтти.

Байрам кешесине район ҳәкими Б.Янгибаев, сектор баслықлары, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты.

Илажда шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды Ўатан қорғаўшылар күни байрамы менен қутлықлады ҳәм район аймағында жайласқан бир қатар үлгили әскерий бөлим менен ҳуқық қурғаў уйымы хызметкерлерине Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.






Кеше Шоманай районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы