Әскерий кәсипке бағдарланған үгит-нәсият илажы өткерилди

289

Мәмлекетимиз Қураллы Күшлери дүзилгениниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы алдынан Өзбекстан Республикасы  Қураллы Күшлери әскерий медицина академиясы, Арқа-батыс әскерий округи, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ўәкиллериниң қатнасыўында Қарақалпақстан медицина институтының студентлери менен әскерий кәсипке бағдарланған үгит-нәсият илажы болып өтти.

Онда сөзге шыққанлар тәрепинен әскерий медицина тараўында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде Қорғаныў министрлиги системасында емлеў орынлары заманагөй көриниске ийе болып, олардың материаллық-техникалық базасы беккемленип  атырғанлығы, жоқары қәнигели әскерий медицина тараўы қәнигелери тәрепинен медицианлық хызмет көрсетилип киятырғанлығы атап өтилди.

Қорғаныў министрлигиниң жаңаланған Орайлық әскерий клиникалық ҳәм Нөкис әскерий госпиталлары әмелий жумыслардың айқын көриниси болып, бул емлеў мәкемелеринде ең алдыңғы емлеў усыллары арқалы медициналық хызмет көрсетилмекте. Заманагөй медициналық   диагностика ҳәм басқа үскенелер Ўатан қорғаўшыларының саламатлығын қорғаў, оларды емлеў системасын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етпекте.

Медицина тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде басқышпа-басқыш миллий медицина билимин модернизациялаў, тараўға халықаралық билимлендириў стандартлары менен алдыңғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, халықтың денсаўлығын сақлаўдың әҳмийетли машқалалары бойынша илимий изертлеўлерди өткериў бойынша комплексли илажлар алып барылмақта. Атап айтқанда, тараўды раўажландырыў ҳәм қәнигелерди таярлаў мақсетинде Президентимиздиң 2020-жыл 22-октябрьдеги  “Әскерий медицина тараўында қәнигелерди таярлаўдың сапа жағынан жаңа системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Ташкент медицина академиясы жанындағы Әскерий медицина факультети негизинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Әскерий медицина академиясы шөлкемлестирилди.

Академия бүгинги күни Өзбекстан Республикасы  Қураллы Күшлерине кириўши министрликлер менен мәкемелер ушын жоқары қәнигели әскерий медицина тараўында заманагөй талапларға жуўап беретуғын офицер кадрларды таярлаў ҳәм олардың қәнигелегин арттырыў ўазыйпасын атқарады.  Бул жерде курсантлар бакалавр ҳәм әскерий медицина тараўы ушын зәрүр болған қәнигеликлер бойынша әскерий интернатурада еки жыл даўамында билим алады. Мәмлекетимиздеги жоқары медицина оқыў орынлары емлеў  факультетлериниң 5-курсын ҳәм медицина-профилактика факультетлериниң 4-курсын тамамлаған студентлер академияға тапсырыў имканиятын ийе болып, келешекте шәртнама бойынша әскерий хызметти өтеў тилегин билдирген, сондай-ақ, денсаўлығының жағдайы бойынша әскерий хызметке жарамлы болған студентлердиң арасынан Өзбекстан Республикасының Қорғаныў министрлиги тәрепинен таңлап алынады.

Оқыў орнының бакалавриат басқышын тамамлаған  курсантларға дәслепки “медицина хызметиниң лейтенанты” әскерий дәрежеси ҳәм “әскерий шыпакер” қәнигелигин беретуғын мәмлекетлик үлгидеги диплом, әскерий интернатураны тамамлағаннан кейин  “медицина хызметиниң аға лейтенанты” әскерий дәрежеси ҳәм тийисли қәнигелик берилгенлиги туўралы гүўалық бериледи.

Сәўбетлесиў барысында студентлер әскерий медицина тараўына  қәнигелерди жеткерип бериў жуўапкершилиги жүкленген академияда оқыўды даўам еттириў  тилегинде болған талабанларға қойылатуғын талаплар ҳаққында да толық мағлыўматларға ийе болды.  Жыйналғанларға усы оқыў орны туўралы видеоролик көрсетилди.

Ушырасыў жуўмағында Нөкис гарнизоны әскерий оркестри тәрепинен концерт бағдарламасы ҳәм мүддетли әскерий хызметкерлердиң қол урысы бойынша көргизбели шығыўлары көрсетилди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги