Байрамға бағышланған ҳуқықый мәсләҳәт акциясы

435

Мәмлекетимиз Қураллы Күшлери дүзилгениниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы алдынан қабыл етилген қоспа қарарға муўапық республикамыз аймағында жайласқан әскерий бөлимлерде ҳуқықый мәсләҳәт акциясы өткерилди.

Нөкис қаласында өткерилген илажда әскерий бөлим командириниң орынбасары, подполковник У.Махмудов, Нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы  З.Яхыповлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Илажда қатнасқан Нөкис қаласында жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар Зухра Татлымуратова ҳәм Гүлистан Сейтановалар  қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берди. Сондай-ақ қатнасыўшыларға жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы китапшасы менен “Нотариус маслаҳати” газетасының жаңа санлары бийпул тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги