Ҳәр бир бала мәмлекетимиз итибарында

Балалар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиздиң даўамшысы. Дүньяға тек жақсылық көзи менен қараўшы бул пәк кеўил ийелери ҳәмийше итибарға, меҳир көрсетиўге ылайық.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияровлар Тақыятас районында жайласқан Балалар үйинде болды.




Дәслеп мийманлар ол жердеги жаратылған шараятлар менен танысты. Буннан соң балалар үйи тәрбияланыўшыларына саўғалар ҳәм кийим-кеншеклер тапсырды.
Президентимиздиң 2023-жыл 1-июнь күнги 82-санлы Пәрманы менен, 2024-жылдың 1-январынан баслап Меҳрибанлық ҳәм балалар үйлери Социаллық қорғаў миллий агентлигине өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги