Студентлер округте мийманда болды

14-январь-Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери күни байрамы мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студентлери Нөкис қаласындағы Арқа-Батыс әскерий округинде мийманда болды.
Бул жерде олар ең дәслеп Ўатанымыз қорғаўшыларының ислеген ерликлери сәўлеленген музейде болып, ондағы экспонатлар арқалы Өзбекстан Қураллы күшлери ҳәм оның қурамындағы Арқа-Батыс әскерий округиниң тарийхы, онда хызмет еткен мәрт жаўынгерлер ҳәм бүгинги күндеги турмысы менен жақыннан танысты.

Буннан соң усы әскерий округте мүддетли әскерий хызметин өтеп атырған әскерлер турмысы менен танысып, олар менен биргеликте ана Ўатанды ҳәм ондағы еркин, абадан өмирди жырлаўшы қосықлар атқарды.

Сондай-ақ, усы күни мүддетли әскерий хызметин өтеп атырған әскерлер арасында «Зәкаўат» интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилип, оның жуўмағында 1-орынды «Бердақ» командасы, 2-орынды «Зукколар» командасы, ал, 3-орынды болса, «Ғолиб» командалары ийеледи.



Жарыс соңында жеңимпаз командаларға Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети деканаты тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы