Аймақларға ишимлик суў тармақлары тартылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, ҳәр бир мәҳәллеге ажыратылған 500 млн.сум қаржы есабынан Тахтакөпир районы аймағындағы мәҳәллелердеги қатар машқалалар сапластырылып атыр.
Усы тийкарда райондағы Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Шәрьяр батыр» ҳәм «Зарафшан» көшелерине 1 км ҳәм «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Тулпар» ҳәм «Шаңарақ» көшелерине 3 км аралықтағы ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў жумыслары алып барылмақта.





Буның нәтийжесинде Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 80 нен аслам ҳәм «Жаңадәрья» АПЖ аймағындағы 22 ден аслам хожалықлар таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.
Ҳәзирги ўақытлары бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы