Келешекте үлкен қәўип туўдырыўы күтилип атырған глобал машқалалар жәрияланды

354

Жәҳән Экономикалық Форумы COVID-19 пандемиясынан кейинги тийкарғы глобал қәўиплер ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялады. Бул ҳаққында Global Risks Report 2024 жәрияланған жыллық есабатында айтылады.

Қәнигелердиӊ атап өтиўинше, дезинформация, экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери ҳәм социаллық  бөлиниў машқаласы жақын еки жыл ишинде биринши орынға шығады.

Узақ мүддетли перспективада климат өзгериўи, биологиялық көп түрлиликтиӊ жоғалыўы ҳәм ресурслардыӊ жетиспеўшилиги тийкарғы қәўиплер ретинде белгиленген. Сондай-ақ, ҳәр еки дәўир ушын қәўиплер дизимине киберқәўиплер, мәжбүрий миграция ҳәм қоршаған орталықтыӊ патасланыўы да киргизилген.

Форум экспертлериниӊ пикирине бола, дезинформация жәмийетлик турмыстыӊ барлық тараўларына унамсыз тәсир көрсетеди. Жалған мағлыўматлардыӊ тарқалыўы жәмийеттиӊ бөлиниўине алып келеди, денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм социаллық әдилликке зыян жеткереди, деп мәлимлеме береди xabar.uz

Дезинформацияға қарсы гүресиў ушын пуқаралар түрли мағлыўматлар дәреклеринен бийпул пайдаланыўы керек. Бирақ, бир қатар мәмлекетлерде цензураны күшейтиў ҳәм интернетке кириўди шеклеў тенденциясы бақланбақта, делинеди есабатта.

Ибрагим Утеулиев,

ҚМУ, сыртқы бөлими журналистика

тәлим бағдары 2-Б курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги