Мақсет – жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимине қараслы әскерий бөлимлердиң биринде өсип киятырған жасларды бәркамал инсан сыпатында тәрбиялаў, оларда ана ўатанға садықлық ҳәм муҳаббат сезимин арттырыў мақсетинде мектеп оқыўшылары ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер ушын «Ашық есиклер» күни илажы шөлкемлестирилди.
Әмиўдәрья районында жайласқан әскерий бөлимге улыўма билим бериў мектеплериндеги оқыўшы-жаслар ушын шөлкемлестирилген саяхат даўамында әскерий хызметкерлер тәрепинен қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалардан пайдаланыў және олардың ўазыйпалары, қолға үйретилген хызмет ийтлери ҳаққында мағлыўматлар берилди. Оқыўшылар әскерий бөлимди тамашалап, ол жердеги қатардағы әскерий хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Атап өтилгениндей, бундай илажлардың жасларымызды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы, миллий армиямыздың ролин ҳәм олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўдеги, жасларды жат иллетлерден сақлаўдағы әҳмийети үлкен, әлбетте.
Илаж даўамында мектеп оқыўшыларына Қураллы Күшлер тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, әскерлеримиз ушын жаратылған мүмкиншиликлер туўралы мағыўматлар да атап өтилип, Ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери темасында пикир-алысыўлар болды.



Атап өтилгениндей, мине, усындай ушырасыўлар өсип киятырған жас әўладтың әскерий тараўға қызығыўшылығын арттырыўға түртки береди.
Әскерий техникалар көргизбеси қойылып, жасларға оқ атар қуралын бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, әскерий техника түрлериниң өзгешеликлери ҳаққында түсиниклер берилди.



Илаж ашық сәўбетлесиў тәризинде көтериңкилик кейпиятта өткерилип, қатнасыўшылар жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен өткерилип атырған илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги