Саяхат кишкенелердиң кеўиллеринде умытылмас күн болып мөрленип қалды

Арқа-батыс әскерий округи тарийхын сәўлелендириўши музей жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда мүнәсип үлес қосып келмекте. Бул жер ҳәр күни түрли жастағы тамашагөйлер менен толы. «Ўатансүйиўшилик айлығы» басланғанлы берли музей республиканың алыс ҳәм жақын районларынан мыңнан аслам жасларға өз есигин ашты.
Күни кеше, музейде ең кишкене саяхатшылар – Нөкис қаласында жайласқан «Арал» мәмлекетлик жеке-меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияланыўшылары мийман болды.




Экскурсия даўамында балаларға әскерий хызметкерлер басшылық етип, музей жумысы, ондағы бай экспонатлар ҳаққында айтып берди. Сол күнги саяхат кишкенелердиң кеўиллеринде умытылмас күн болып мөрленип қалғаны сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги