Өзбекстан 2024-жылы саяхат етиўге арзыйтуғын мәмлекетлер қатарына киргизилди

Ҳиндстанның абырайлы телеканалларынан бири – «NDTV» сырт елли туристлерди 2024-жылы Өзбекстанға келиўге шақырды.
Телеканалдың рәсмий сайтында жәрияланған мақалада усы жылы кеўилдегидей саяхат бағдарларын излеп атырғанларға мәдений байлық, тәбийғый гөззаллық ҳәм өзгеше тәсирлерди жәмлеген мәмлекетлерди таңлаў мақсетке муўапық екени усыныс етилген.
Автор бул бағдарлардың қатарына Уллы жипек жолы мийрасына Өзбекстанды киргизип, елимизге келип, тарийх бетлерине саяхат етиў зәрүр екенин жазған.
– Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы ески қалаларды көриң. Бул жерлердеги бийтәкирар архитектуралық үлгилер ҳәм толы базарлар бир ўақытлары кәрўанлар арқалы саўда-сатық исленген дәўирлерди еслетеди, – делинеди «NDTV» сайтында.
Мақалада, сондай-ақ, мәмлекетимизде бой тиклеп турған архитектуралық дүрданалар адамларды таң қалдыратуғыны атап өтилген.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА