Қатар менен жумысшыларды жумысқа қабыллаў бойынша бирге ислеседи

209

«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-18-санлы, 11.01.2024 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, Өзбекстан ҳәм Қатар Мәмлекетиниң Ҳүкиметлери арасында жумысшыларды жумысқа қабыллаў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы Келисим тастыйықланды.

Бул келисимге 2023-жыл 6-июньда Самарқанд қаласында қол қойылған.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары бул халықаралық шәрнтама күшке киргеннен кейин оның қағыйдаларының орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги