Шавкат Мирзиёев Пензадағы апатшылық бойынша тапсырма берди

243

Президент Шавкат Мирзиёев Россияда қайтыс болған жети өзбекстанлыны қайтарыў бойынша тапсырма берди. Бул ҳаққында Айрықша жағдайлар министрлиги мағлыўмат берди.

9 Өзбекстан Республикасы пуқараларынан  7 еўи ўақыя орнында қайтыс болған, 2 жолаўшы түрли дәрежеде дене жарақатын алып, емлеўханаға жатқарылған ҳәм медициналық жәрдем көрсетилмекте.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына тийкарланып Айрықша жағдайлар, Сыртқы ислер, Ишки ислер, Денсўалықты сақлаў ҳәм Транспорт министрликлери, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте Қорғаныў министрлигиниң арнаўлы самолётында, қайтыс болған ҳәм жәбирленген пуқараларды ўатанға алып келиў бойынша керекли барлық зәрүр илажлар көрилмекте, делинеди хабарда.

Еслетип өтемиз, күни кеше Россияның Пенза ўәлаятында аянышлы ЖТҲ жүз берип, онда өзбекстанлылар қайтыс болған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги