Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети мәжлисинде 2023-жылдың 11 айында 8 693 ЖТҲ жүз берип, оларда 2 080 инсан қайтыс болған ҳәм 8 055 адам жарақат алғаны мәлим етилди.
Комитет баслығы Қутбиддин Бурҳанов, сондай-ақ, бул түрдеги өлим көрсеткиши 2021-жылы 2 426ны 2022-жылы болса 2 356ны қурағанын мәлим етти.
«Бул жол-транспорт ҳәдийселериниң жүз бериўине тийкарынан пуқаралар тәрепинен нызамшылықта белгиленген жуўапкершиликлерди менсинбеўшилик болса, екиншиден олардың әмелдеги жол ҳәрекети қағыйдаларын билмегени себеп болмақта», – дейди сенатор.
Анық болыўынша, тек ғана мәс ҳалында транспорт қуралын басқарыў менен байланыслы 2020-жылы 25 мың 35, 2021-жылы 40 мың 542, 2022-жылы 47 мың 365 ҳәм 2023-жылы 41 мың 866 нызамбузыўшылық анықланған.
Өкинишли тәрепи, тек ғана 2023-жылы дерлик 6 мың транспорт басқарыўшысы мәс ҳалында транспорт қуралын басқарғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылғаннан кейин қайтадан транспорт қуралын мәс ҳалында басқарғаны анықланған.
Мәс ҳалында транспорт қуралын басқарыў ақыбетинде 2020-2023-жылларда дерлик 500 ге шамалас жол-транспорт ҳәдийсеси болған ҳәм буның ақыбетинде усы дәўирде 271 пуқара қайтыс болған.
Комитет мәжлисинде талқыланған «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам әне, усы сыяқлы унамсыз ақыбетлердиң алдын алыў ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларын тәртипке салыўға қаратылғаны атап өтилди.
Еслетип өтемиз, бул Нызам менен Жынаят, Жынаят-процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге жаңа статьялар, өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги