Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас сәркардасы Шавкат Мирзиёев 11-январь күни Қорғаныў санааты агентлигиниӊ Ташкент ўәлаятында жайласқан өндирислик кластерине барды.

Мәмлекетимиз басшысыныӊ басламасы менен Қураллы Күшлеримизди реформалаў, оларды заманагөй талапларға толық жуўап беретуғын, Жаӊа Өзбекстанныӊ гәрезсизлиги ҳәм сувиренитети, халқымыздыӊ қәўипсизлиги ҳәм абаданлығын кепилликли тәмийинлей алатуғын жаӊа армияға айландырыў бойынша системалы илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, кейинги жыллары әскерий бөлимлердиӊ оператив ҳәм жаўынгерлик таярлығыныӊ нәтийжеси ҳәм сапасын арттырыў, әскерий хызметкерлердиӊ маманлығын ҳәм көнликпелерин жетилистириў ушын заманагөй шараятлар жаратыў ммақсетинде зәрүр инфраструктураға ийе бир қатар оқыў плогигонлары қурылды ҳәм бул бойынша жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.

Соныӊ менен бирге, бүгинги күнде жаӊа басқышқа көтерилип атырған қорғаныў санаатын модернизациялаў ҳәм потенциалын арттырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Әне, усы мақсетте өткен жылдыӊ январь айында Президент Қорғаныў санааты агентлигин Қорғаныў министрлиги системасына өткериў ҳәм оныӊ жумысын және де раўажландырыў бойынша тапсырма берген еди.

Агентлик тәрепинен зәрүр әскерий-техникалық өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириў, заманагөй әскерий техникаларды сатып алыў ҳәм әскерий бөлимлерге жеткериў, бар қурал-жарақ үлгилерин модернизациялаў бойынша системалы жумыслар жолға қойылды.

Бүгинги сапар даўамында Президентимизге Қорғаныў санааты агентлигиниӊ өндирислик потенциалын арттырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келеси режелер ҳаққында толық мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысыныӊ тапсырмасына муўапық қысқа мүддетте Қорғаныў министрлигиниӊ бир неше техникалық бөлимлери тийкарында кеӊ көлемли қурылыс жумыслары орынланды, объектлер толық оӊланып ҳәм реконструкцияланды. Кластер аймағына Қорғаныў министрлигиниӊ техниканы оӊлаў заводы ҳәм Орайлық автомобиль техникасын сақлаў базасы көширилди.

Жаӊа кластер аймағында орналасқан кәрханалар өз-ара интеграцияланып, олардыӊ бирден-бир оӊлаў цехлары шөлкемлестирилди. Усы кәрханаларда қурал-жарақ ҳәм әскерий техника, радиолокация қурылмалары, оптикалық ҳәм электрон-оптикалық әсбаплар, оқатар ҳәм артиллерия қураллары модернизацияланбақта ҳәм металлар жоқары анықлықта қайта исленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы усы қуўатлықлардыӊ жумысы менен танысып, тараўға алдынғы технологияларды кеӊнан тартыў, жаӊа жумыс орынларын жаратыў зәрүрлигин атап өтти, кәрханалардыӊ жумысын және де жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

Санаат тармақларына, сондай-ақ, қорғаныў санаатына “жасыл” технологияларды кеӊнен енгизиў бойынша белгиленген ўазыйпаларға муўапық ҳәм электр энергиясын үнемлеў мақсетинде кластер аймағында қуяш панельлери орнатылған. Бул өнидирис процесслериниӊ электрге болған зәрүрлигиниӊ үлкен бөлегин альтернатив дәреклер есабынан тәмийинлеўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысына Қорғаныў санааты агентлигиниӊ жаӊа кластериндеги өнидирис қуўатлықлары тәрепинен оӊланған ҳәм модернизацияланған әскерий техника ҳәм қурал-жарақ үлгилери көрсетилди.

Қорғаныў санааты өнимлериниӊ презентациясы ўақтында мәмлекетимиз басшысына “Келешек әскери” компекси қурамына кириўши арнаўлы қурал ҳәм үскенелер топламы әмелде көрсетилди. Бул топлам мәмлекетимиз қәнигелери тәрепинен ислеп шығарылған болып, оныӊ өзгешеликлери дүньяныӊ жетекши ислеп шығарыўшылары тәрепинен таярланған альтернативлеринен қалыспайды.

Сапар ўақтында Жоқары Бас Сәркарда жаӊа түрдеги әскерий өнимлерди ислеп шығарыў бойынша кәрхана жумысына старт берди. Өнимлердиӊ жоқары сапасын тәмийинлеў, инженер ҳәм қәнигелердиӊ маманлығын арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Жуўмағында Президентимиз жуўапкерлерге қорғаныў санааты кәрханаларыныӊ өндирислик имканиятларын және де кеӊейтиў бойынша анық тапсырмалар берди.

ӨзА