Статистика агентлиги мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-ноябрь айларында мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында 2 746 жаңа кәрханалар ашылған.

Мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында жумыс баслаған кәрханалар саны 2022-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда 1,1 есеге көбейген.

Соңғы жылларда мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында шөлкемлестирилген кәрханалар саны (январь-ноябрь айларында):

2019-жылы – 1 560

2020-жылы – 1 740

2021-жылы – 2 382

2022-жылы – 2 423

2023-жылы – 2 746

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги