Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларында «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң қурылысы басланған еди.

Усы пәрман тийкарында бүгинги күни республикамыз аймағында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып, жоқарыда аты көрсетилген районларда жаңаша көринистеги заманагөй қалашалар бой тикледи.

Атап айтқанда, Кегейли районы Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурылған қалашаны толық инфраструктура менен тәмийинлеў, социаллық объектлерди қурыў режеси де белгиленген болып, пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бағдарында 12,6 млрд. сум қаржы ажыратылды ҳәм массивте 320 оқыўшы орнына мөлшерленген жаңа мектеп имараты қурып питкерилди.

Онда балалардың заманагөй билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

Ең баслысы, Президентимиздиң басламасы менен қурылып атырған бул жаңа аймақта балалар ушын заманагөй билим дәргайы бой тикледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги