Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң азық-аўқат ҳәм аўыл  хожалығы шөлкеми ФАО Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасы соңғы жыллары бир қатар нәтийжели жумысларды алып бармақта. Солардың бири Өзбекстанда азық- аўқат системаларының жерден пайдаланыў ҳәм  қайта тиклеўге тәсирин баҳалаў бағдарламасы жойбары болып, ол Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Қашқадәря ўәлаятларында  бул бағдарламаны қоллаў арқалы инсанның био ҳәртүрлилик тәсирин азайтыўды мақсет еткен.

Усы жойбарды әмелге асырыў мақсетинде, республикамыздың Беруний ҳәм Қараөзек районларында тәжирийбе тийкарында тәбийий қорғалатуғын мәмлекетлик қорық жерлерине жақын аймақлардағы халық хожалықлары таңлап алынды.



Жақында жойбарды әмелге асырыўшы хызметкерлер тәрепинен Қараөзек  районындағы Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы бес хожалыққа үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы ушын мотокультиваторлар алып берилип, оған қосымша түрде  ыссыханалар  қурып  берилди.

Жойбар басшылары келешекте бул пуқаралар ыссыханалардан  мәўсимлик дәрамат табыў ҳәм мотокультиваторлардан үнемли пайдаланыў зәрүр екенликлерине тоқтап өтти.

Сондай-ақ, бул жойбарды алдағы ўақытлары  райондағы фермер хожалығы жерлеринде алып барыў да нәзерде тутылғаны бойынша мағлыўматлар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы