Буннан алдын Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық  шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы 119-санлы пәрманына тийкарланып, Хожели ҳәм Тақыятас районларындағы турақ жай объектлеринде үйрениў жумыслары алып барылғаны, Халық депутатлары Хожели ҳәм Тақыятас районлық кеңеслериниң усыныс еткен ҳүжжетсиз қурылған турақ жайларынан айырымларына мүлк ҳуқықын ҳәм жер участкасына ижара ҳуқықын тән алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары қабыл етилгени туўралы мағлыўматлар берилген еди.

Хожели районындағы 88 турақ жайда жасаўшы пуқаралардың машқаласы шешилип, район ҳәкимлигинде 88 турақ жайдың кадастр ҳүжжетлери салтанатлы түрде тапсырылды.

Кадастр ҳүжжетлерин тапсырыў мәресиминде атап өтилгениндей, көп санлы пуқараларымыз тәрепинен көшпели қабыллаўларда ҳәм көше бийлери менен ушырасыўларда көтерилген турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерине байланыслы машқалаларға шешим табыў бағдарында Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында республикамыз ушын өз алдына кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериў мәселеси итибарға алынып, усы машқаланы шешиў бойынша ўәде берилген еди.

Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәмде физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралардың ҳуқықын белгилеўши ҳүжжетлерсиз қурылған 43432 турақ жай жайласқан жер участкасына ижара ҳуқықын, онда жайласқан имаратларға мүлк ҳуқықын тән алыў ҳаққындағы усыныс қоллап-қуўатланды.

Пәрманға тийкарланып үлги сыпатында Хожели ҳәм Тақыятас районларындағы турақ жай объектлеринде Республика жумысшы топары тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, Халық депутатлары районлық кеңеслери усыныс еткен ҳүжжетсиз қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын ҳәм жер участкасына ижара ҳуқықын тән алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары қабыл етилди.

Усы тийкарда 88 үйде жасаўшы пуқараны қыйнап келген машқалалар өз шешимин тапты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги