Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университетиниң бир топар профессор-оқытыўшылары хызмет сапары менен Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтында болды.

Дәслеп усы институт ректоры, профессор Б.Собиров, әдебияттаныўшы илимпаз, профессор Қ.Оразымбетов, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, доцент Б.Генжемуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң деканы Қ.Турдыбаевлардың ушырасыўы өткерилди.


Ушырасыўда жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиў мәселелери додаланып, бул бағдардағы әмелге асырылатуғын илажлар белгилеп алынды.

Соң институттың өзбек тили ҳәм әдебияты, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетлеринде оқып атырған қарақалпақстанлы студент-жаслар менен ушырасыў өткерилди.




Онда илимий жумыслар ҳәм көркем әдебиятқа байланыслы жаңалықлар айтылып, университеттиң профессор-оқытыўшылары қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентлерине өз қәнигеликлери бойынша лекциялар оқыды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги