Ибратлы болыў жуўапкершиликли

314

Судьялар жоқары кеңесинде жумысында айрықша өрнек ҳәм үлги көрсетип киятырған судьяларға “Ибратлы судья” сыйлығын тапсырыўға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың судлары видеоконференц байланыс режиминде қатнасты.

Судьялар жоқары кеңеси жумысында ашықлық ҳәм жәриялылық сыяқлы принциплер барған сайын өз көринисин таўып атырғаны кең жәмийетшилик тәрепинен айрықша атап өтилмекте. Судьялық лаўазымларға ашық ҳәм альтернативлик тийкарда таңлаў ҳәм тайынлаў, бул процессте ғалаба хабар қураллары менен белсенди ҳәм конструктив бирге ислесиў, тараў жумысына байланыслы сын пикирлерге оператив ҳәм қалыс мүнәсибет билдирилип атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

“Ибратлы судья” сыйлығына ылайықлыларды таңлаўда да мине усы принциплер айрықша орын тутқанлығын көриў мүмкин.

Көпшиликке белгили, Президентимиздиң 2020-жыл 7-декабрьдеги “Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы менен тараўда ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеўге қаратылған бир қатар өзгерислер енгизилди. Соның ишинде, әдил судлаўды әмелге асырыўда жоқары рейтинг көрсеткишине ийе болған судьяларды “Ибратлы судья” сыйлығы менен сыйлықлаў белгиленген еди.

Жоқарыда атап өтилген пәрманның орынланыўы шеңберинде судьялардың жумысының  нәтийжелилигин ашық ҳәм анық, әдил баҳалаў бойынша миллий электрон рейтинг баҳалаў бағдарламасы иске қосылды. Бул системаның енгизилиўи инсан факторын кескин шеклеў менен бирге, судьялардың жумысын ашық-айдын, әдил ҳәм қалыс баҳалаў мүмкиншилигин жаратты. 2022-жылдан баслап, ең жоқары рейтинг көрсеткишлерине ийе судьялар Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген “Ибратлы судья” сыйлығы менен ылайықлы түрде хошаметленип келинбекте.



2021-жылдың жуўмағына бола, жоқары рейтинг көрсеткишлери, сондай-ақ, билими ҳәм айрықша пазыйлети менен үлги болған 16 судья биринши мәрте бул сыйлыққа мүнәсип деп табылған болса, 2022-жылдың жуўмағы менен 20 судья усындай сыйлыққа ийе болды. Быйыл 2023-жылдың жуўмағы менен 15 судья “Ибратлы судья” сыйлығын алыўға еристи. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының баслығы Эргаш Ешмуратовтың бар екенлиги айрықша қуўанышлы жағдай. Усы мүнәсибет пенен видеоконференц байланыс режиминде өткерилген илажда сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында исленип атырған жумысларды атап өтип, онда әлбетте судьялар ҳәм оларға әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында жаратылып атырған шараятларға итибар қаратты. Соның менен бирге, бул сыйлыққа ылайық деп табылған судьялардың жумысын басқаларға үлги етип көрсетти.

Буннан соң, сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Әлбетте, усындай мәмлекетлик дәрежедеги итибар менен хошамет әсиресе, судьялардың жумысында әҳмийетли. Бул оларды және де руўхландырыў менен бирге, өз кәсибине болған сүйиспеншилигин де арттырып, әдилликти өзлериниң турмыслық принципине айландырыўына, тек ғана әдиллик жолында пидайы мийнет етиўине ийтермелейди.

Гүлайым ҒАНИЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының бас мәсләҳәтшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги