Мийнетсиз пул табыўды ойлап урлық ислеген шахс суд залынан қамаққа алынды

348

Перзент өмирдиң қуўанышы, даўамшысы, улыўма ата-ананың арзыў-үмитлерин жүзеге шығаратуғын өмирдиң жалғасы. Жақсыдан жақсы туўады, ал жаманы ше?

Бул сораў бәршемизди көп ойландырады. Сондай инсанларды көрдим, ата-анасының баласын оқытыўға имканы болмай, “қолы жуқа” болсада тамағын тойдырғанына қуўанып, тынымсыз мийнет етседе, бири-еки болмай, көп кыйыншылықларды басынан кеширеди. Бирақ, мине усы ата-ананың перзенти күни келип, өз умтылысы ҳәм ҳадал мийнетиниң арқасында оқып илим алады, алым болады, қулласы елге, жәмийетке пайдасы тийетуғын жақсы перзент болып камалға келеди. Ал және бир сондай инсанларды бар, “балам ишсин, жесин, қатарынан кем болмасын, усы баланың кеўили өксимесин” деп ата-анасы баласының кеўлине қарайды, “қас-қабағын” бақлап, “сол тыныш болсын” “бүгин жүрмесе, қыдырмаса, қартайғанда не кереги бар” деген тақылетте тәрбия береди. Ақыбетинде болса, ол ата-анасының, дүньяның қәдирин билмейтуғын адам болып жетилиседи, көптиң ғарғысына ушырайды.

2004-жылы Хожели районында туўылған С.О исмли шахс өзи жокары оқыў орнының студенти бола тура, урлық жынаятына қол урады. Бир-еки емес, ал қайта-қайта урлық ислеп, басқаларға материаллық зыян жеткереди. Дурыс та, қара мийнет пенен емес, ал аңсат жол менен пул табыў кимге жақпайды?!

Жынаят ислери бойынша Хожели районы суды тәрепинен райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде өткерилген ашық көшпели суд мәжилиси де жәмийетте бундай жынаяттың қайталаныўының алдын алыў, басқаларға жынаятшыны таныстырыў арқалы оларды бундай истен аўлақ болыўға, жуўмақ шақырыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли болды.

Онда Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “а” бәнти менен айыпланған С.О.ның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

Суданыўшы С.О урлық жолы менен материаллық байлық арттырыў мақсетинде өзи бирге бир аймақта туратуғын Ю.Б.ның үйиниң алдында турған Дамас маркалы автомобилине 2023-жыл 30-август күни түнги саат 01:00 лерде урлыққа түсип, ишинен 1 миллион 200 мың сум пулды урлап, ўақыя орнынан жасырынады. Судланыўшы буның менен шекленип қалмай, және Ю.Б.ның үйине 9-сентябрь күни барып, есиги алдында сыртта турған Дамас автомашинасының оң қаптал есигин бузып ашып, автомашна ишинде 75 мың сум пулды алып кетеди.

Буннан басқада, С.О. Хожели районы Саманкөл мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы өзиниң жорасы С.А.ның үйине 2023-жыл 9-октябрь күни түнги саат 03:00 лер шамасында барып, есиги алдында турған “ВАЗ 21” автомашинасына тийисли бөлек турған мотор ҳәм оның аўысық бөлеклерин урлап, өзиниң басқарыўындағы Дамас автомашинасына тийеп, урлап кетеди.

С.Оның қылмысы узаққа бармады. Ҳуқық қорғаў хызметкерлериниң оператив ҳәрекетлери нәтийжесинде усланды.

Суд мәжилисинде судья судланыўшы ҳәм жәбирлениўшилердиң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшы ҳәм қорғаўшы адвокаттың пикирлерин, тәреплердиң жарыс сөзлерин ҳәм судланыўшының ақырғы сөзин тыңлап, ис материалларын үйренип, оларға ҳуқықый баҳа берип, ҳүким етти. Судланыўшының жас, алдын судланбағанлығын есапқа алып, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 28-30-статьялары, жынаят процессуал кодексиниң тийисли статьяларын басшылыққа алып, С.О.ны Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3 бөлими “а” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп таўып, оған усы статья менен жынаят кодексиниң 57-статьясын қолланып, 2 (еки) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасын тайынлады ҳәм сол ўақыттың өзинде суд залынан қамаққа алынды.

Суд мәжилиси қатнасыўшыларына ҳүкимнен нарийза тәреплер ҳүким жәрияланған күннен, судланыўшы суд ҳүкими нусқасын алған күннен баслап 10 сутка ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде, бул мүддет өткеннен соң, кассация тәртибинде шағым арза бериўи, прокурор протест келтириўге ҳақылы екенлиги түсиндирилди.

Ибрайым АЛЛАНИЯЗОВ,

жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги