Журналист, Бюджеттен тыс пенсия қорының баспасөз хаткери сыпатында жумыс алып барған Айжамал Жолдасбаева 27 жасында қайтыс болды. Жақынлары онда ҳәмиледарлық дәўири аўыр өткенин айтпақта.

Журналист, Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тыс пенсия қорының баспасөз хаткери болып ислеген Айжамал Жолдасбаева-Жанибекова 11-январь күни қайтыс болды.

Айжамал Жолдасбаева 1997-жылы 23-январьда Тахтакөпир районында туўылды. Ол 2014-жылы әдебият бағдары бойынша Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы лауреаты болған еди.

Ол Өзбекстан жәҳән тиллери университетиниң бакалавр ҳәм Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң магистратура басқышын тамамлаған. Сондай-ақ, Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетинде философия докторы дәрежеси ушын излениў алып баратырған еди.

Жақынларының мәлим етиўинше бала туўылғаннан кейин оның жағдайы аўырласып, дәслеп Тахтакөпир районы емлеўханасына жеткерилген. 3 күн алдын Нөкис қаласындағы қыстаўлы медициналық жәрдем емлеўханасының бирине алып барылған ҳәм сол жерде қайтыс болған. Оның 2 жасқа толмаған ул перзенти бар.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң жәмәәти журналист А.Жолдасбаеваның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги