Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Мелиорация экспедициясының жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында Нөкис районындағы мелиорациялық объектлерде шор жуўыўдан алдын әмелге асырылатуғын илажлар ҳәм коллектор тармақларының кадастр ҳүжжетлерин таярлаў мәселелери додаланды.

Онда мелиорация экспедициясы баслығының орынбасары О.Нурлыбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириўдиң әҳмийетине тоқтап өтип, оған байланыслы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тәртип-қағыйдалары туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, тийисли қарар ҳәм бағдарламаларға тийкарланып мелиорация экспедициясы балансындағы коллектор тармақларына кадастр ҳүжжетлериниң рәсмийлестирилиўи белгиленген. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 27-августтағы тийисли қарары менен тастыйықланған Жер участкаларын турақлы пайдаланыўға ажыратыўдың ҳәкимшилик регламентинде, белгиленген тәртипте коллектор-дренаж тармақларының жағалықтағы регионлар турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен экспедиция балансына ажыратылған. Оған муўапық Нөкис районында жайласқан 7 районлараралық ҳәм хожалықлараралық коллектор-дренаж тармақларының ҳәммесине кадастр паспорты алынып, мәмлекетлик дизимге алынғаны атап өтилди.

Додалаўлар барысында районлық мелиорация экспедициясы хызметкерлериниң қысқы ҳәм бәҳәрги мәўсимде әмелге асыратуғын әҳмийетли ўазыйпалары белгилеп алынды. Яғный, районда жәми 10 мың 269 гектар майданда шор жуўыў жумысларын әмелге асырыў белгиленген. Усы агротехникалық илажды сапалы алып барыўда аймақтағы мелиорация экспедициясы хызметкерлерине үлкен жуўапкершилик жүкленип, ҳәр бир майданда жер асты суўларының қәдди ҳәм шорланыў дәрежеси ҳаққындағы жуўмақларды талқылаған ҳалда фермер ҳәм дийқанларға зәрүр усыныслар берип барыў кереклиги атап өтилди.

Илаж қатнасыўшыларына райондағы жер асты суўларының қәдди онлайн тәризде бақлап барылатуғын қудықлар ҳәм оларға орнатылған «Драйвер» қурылмаларының ислеў процесслери көрсетилип, оларға мәўсим даўамында орынланыўы тийис илажларды әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги