Республикамызда 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы алдынан мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлары, ушырасыўлардың өткерилиўи даўам етпекте.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий бөлимлериниң биринде хызмет етип атырған бир топар әскерий хызметкерлер де резервтеги подполковник А.Шилмановтың шаңарағынан хабар алып, қызғын қутлықлап, әскерий бөлим  командири атынан оған байрам саўғалары тапсырылды.

Сәўбетлесиў даўамында подполковник А.Шилманов мәмлекетимиздиң Қураллы Күшлеринде әмелге асырылып атырған өзгерислер, реформалар, кешеги ҳәм бүгинги күнги жағдайы, жетискенликлери, ҳәзирги әскерий хызметкерлерге жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар, өзи хызмет еткен дәўирлердеги ўақыялар ҳаққында сөз етип, ветаранларға көрсетилип атырған усындай итибар ушын үлкен миннетдаршылық билдирди.


Сәўбетлесиў даўамында байрам қутлықлаўы менен барған әскерий хызметкерлерге өз пәтиясын берип, жақсы тилеклерин билдирди.

Орынларда байрам илажлары даўам етпекте.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги