Үлкемизде қыс.

Қуяш шағырайып тур. Сонда да Суўық жулып әкетемен дегендей жулқынады.

Жаңа жыл киремен деп Гөне жыл менен таласып турған пайыт.

“Азанғы саат 9дан кешикпей Жоқарғы Кеңеске келесиз”.

“Ханнан ҳәмир болса пуқараға не турыс” деген сөз бурыннан қалған емес пе, дәрҳал зәртең-зәбертең таярланып айтқан ўағында белгиленген жерде тайын болдық.

– Сизлерди шақырғанымның мәниси, усындай ул-қызларды қатарының алды қылып тәрбиялап өсиргениңиз ушын алғыс айтпақшы едим.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тилеубаевич Орынбаевтың бул сөзлери бизлерди толқынландырып жиберди.

Ел басшымыз 19-Жазғы Азия ойынларының жеңимпазлары аналарына “Ибратлы ҳаял” көкирек белгисин өз қолы менен салтанатлы түрде тапсырды.

Жалғасбай Бердимуратовтың анасы Зерихан, Зайнаб Дайыбекованың анасы Бийбиқатша, Дилназ Мурзатаеваның анасы Сәрбиназ, Ақтеңге Кеўлимжаеваның анасы Зияда апа сыяқлы аналар  қатарында бизге де усындай үлкен сыйлық несип етти.

Перзентиңниң арқасында ардақлы болыў қандай жағымлы!

– Сизлердиң қылышласқаныңызды көрип, жүрегим аўырып қалайын деди.

Шын жүректен айтылды бул сөз.

– Қалай шыдадың, бир жерине қылыш тийип кетпей ме?!

– Тийип кетиўи де мүмкин.

Әсиресе наҳақ утылса, жүрегиме тийип кетеди, – деймен ыраслап.

Алыспақ, шабыспақ бар жерде түрли жағдай болыўы мүмкин…

Өзим Жалғасбайдың гүресин удайы бақлап келемен.

Бурнағы жылы ийранлыға финалды берип қойғанында Жалғасбай қусап мен де гүмиске қайыл болмағанман. “Асықпа, түбинде бир жағына шығарамыз” деп гижингенмен. Интуициям алдамапты, Азия ойынларында сол ийранлы үстинен алтын меда-аалль!!!

Қуўанышымыздың шеги жоқ!

Бундай бахытларды инам еткен спортшыларымыздан айнанайын!

Оларды кәмалға келтирген ата-аналарына, таярлаған тренерлерине мың рахмет айтсаң аз!

Жалғасбайдың анасы Зериханның бойынан бир кәрамат излеймен: қәдимги қарақалпақтың қарапайым қызы. Ақтеңгениң анасына нәзер саламан: әпиўайы Зияда апа. Сәрбиназ бенен Бийбиқатша…

Усындай саўдыраған ақ кеўил Аналарға үлкен ҳүрмет-иззет көрсетип сыйлықлаған ҳүрметли ел ағаларынан миннетдар боламыз. Көкирегимизди мақтанышлы сезимлер бийлейди, заманымызға рахмет деймиз (өйткени бизлердиң балалығымызда бундай үлкен халық аралық жарысларға барыў тек ғана әрман, қыял еди…).

Қарақалпақстан спортшылары өткен жыл даўамында түрли турнирлерден 600–700 дей медаль утып алып келген екен. Демек, медальлардың “көкеси” алдымызда. Күтемиз, сизиң менен биз қыйқыўын жеткерип, “тақымын қысып” отырамыз.

Алдымызда еле көп турнирлер, чемпионатлар, Париж-2024 олимпиадасы бар. Оларға кимлер лицензия алады ҳәм медальлар утып келеди?

Тилекши болып отырамыз.

 

Терең ҳүрмет пенен Гүлистан Пердебаеваның анасы

Тамара Машарипова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги