2024-жыл 1-январьдан баслап Балалар үйлери, Меҳрибанлық үйлери,  Балаларды қорғаў филиаллары ҳәм шаӊарақлық балалар үйлери Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасына өткерилди. Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў, оныӊ нәтийжели қалағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққындағы” пәрманына тийкарланып әмелге асырылды.

Усы ўақытқа шекем Балалар үйлери Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында, Меҳрибанлық үйлери Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасында, Балаларды қорғаў филиаллары ҳәм шаӊарақлық балалар үйлери болса жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары системасында болған.

Усы шөлкемлерди Агентлик системасына өткериўден тийкарғы мақсет, халықты социаллық қорғаў бағдарында бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў системасын жаратыў болып табылады.

 

М.Комилова, ӨзА