«Биотехнологиялар кластери» дүзиледи

Күни кеше «Фармацевтика тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм инвестиция жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, төмендегилер тастыйықланды:
– 2024-2025-жылларда фармацевтика тармағын раўажландырыў ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша «жол картасы»;
– фармацевтика тараўында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың жыйым параметрлери;
– «Tashkent Pharma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери (Кластер) жумысын жеделлестириў бойынша илажлар режеси.
Кластер аймағында «Биотехнологиялар кластери» дүзилип, оған қосымша 60 гектар жер майданы ажыратылады.
Қарарға бола, сондай-ақ;
– ҳәр жылы 1-декабрьге шекем медицина мәкемелериниң талапларынан келип шығып, келеси жылы ушын фармацевтика өнимлерине болған талап ҳәм мүтәжлик қәлиплестириледи ҳәм интернет сайтында жайластырылады;
– 2024-жыл 1-марттан мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда мәмлекетлик буйыртпа бир лотта тек ғана бир фармацевтика өнимин (халықаралық патентленбеген атамасы бойынша дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлар) киргизиўи мүмкин болған система енгизиледи;
– 2025-жыл 1-январьдан басқышпа-басқыш барлық медицина мәкемелери тәрепинен орайласқан тәртипте сатып алынатуғын фармацевтика өнимлерин сатып алыў орайластырылған тәртипке өткериледи.
– 2024-жылдың ақырына шекем аймақлық медицина шөлкемлериниң қоймаханалары «Зәрүр сақлаў әмелияы – (GSP)» талаплары тийкарында шөлкемлестириледи ҳәм термолабил дәри-дәрмақ қуралларын жеткерип бериў ушын арнаўлы жүк тасыўшы автотранспорт қураллары менен тәмийинленеди.
ӨзА