«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилгенлердиң сатып алыўлары ушын қосымша қун салығы қайтарып берилетуғын товарлар дизими кеңейтилди

416

Президент қарары (ПҚ-13-санлы, 10.01.2024 ж.) менен айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Соған бола, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген физикалық тәреплер тәрепинен сатып алынғанда ҚҚС суммасы қайтарып берилетуғын айырым түрдеги азық-аўқат өнимлери дизимине төмендегилер киргизилди:

– ун:

– қумшекер;

– дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық хызметлер.

Онда қосымша қун салығының суммасын қайтарыў айына БЕМның 10 есесине шекемги сатып алыўлар суммасы шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, «Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарарына киргизилген өзгерислерге бола:

Физикалық тәреплер тәрепинен бир ай даўамында сатып алынған товарлар (хызметлер) баҳасының БЕМның 60 есесинен артпаған бөлегинен 1 проценти олардың фискаль белгили шеклери салық уйымларының арнаўлы мобиль қосымшасы арқалы дизимнен өткерилген жағдайда қайтарылатуғыны белгиленди.

Бурын белгили бир баҳа белгиленбеген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги