Арал теңизиниң қурыған ултанын көклемзарластырыў бойынша гезектеги мәўсимге таярлық басланды

392

Айрықша жағдайлар министрлиги Арал теңизиниң қурыған ултанын көклемзарластырыў бойынша гезектеги мәўсимге таярлық көрмекте.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына бола, 2018-жылы Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғайлар жаратыў бойынша кең көлемли мәмлекетлик бағдарлама басланған.

Бул басламаның мақсети – суў бассейниниң қурыўы нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыўдан ибарат. Өткен жылларда Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы агентлигиниң ҳәрекетлери нәтийжесинде Арал теңизиниң суўы қурыған ултаны аймағында шөл өсимликлеринен үлкен тоғайлар жаратылды.

Жақын  күнлерде егис мәўсиминиң гезектеги процеси басланады.

Кейинги ҳәптелерде Айрықша жағдайлар министрлигиниң Инженерлик қорғаў ҳәм қурылыс-тиклеў жумыслары бас басқармасы хызметкерлери тәрепинен авиация жәрдеминде егилетуғын сексеўил туқымлары таярланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги