Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дипломатиялық ҳәм саўда қатнасықларыныӊ жаӊа дәўири

159

Соӊғы жыллары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы өз-ара қатнасықлар сезилерли дәрежеде беккемленип, экономикалық ҳәм мәдений бирге ислесиўдиӊ жаӊа перспективаларын ашпақта.

2022-жыл 22-декабрь күни Қазақстан Президентиниӊ Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ўақтында аўқамласлық қатнасықлары ҳәм мәмлекет шегарасын демаркациялаў бойынша әҳмийетли шәртнамаларға қол қойғаны байланысларымыздыӊ раўажланыўында әҳмийетли қәдем болды.

Ҳүкимет структуралары дәрежесинде 15 ҳүжжет, атап айтқанда, Орайлық Азия санаат кооперациясы халықаралық орайын шөлкемлестириў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды.Сапар шеӊберинде, сондай-ақ, 8 миллиард долларлық саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық келисимлерге қол қойылғаны экономикалық байланыслар беккемленип баратырғанынан дәрек болып табылады.

Өзбекстан Бас министриниӊ орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Хўжаев биргеликтеги сыртқы саўда компаниясы ҳәм санаат кооперациясы халықаралық орайын шөлкемлестириў нийетинде екенин билдирди. Усы баслама шеӊберинде Ташкентте Қазақстанныӊ товар өндириўшилери ҳәм хызмет көрсетиўши кәрханаларыныӊ саўда миссиясы шөлкемлестирилип, оныӊ нәтийжесинде улыўмалық көлеми 44,1 миллион доллардан аслам экспорт шәртнамаларына қол қойылды.

Бул ўақыя, әсиресе, глобал экономикалық ҳәм сиясий машқалалар фонында Орайлық Азияда тынышлық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўден еки мәмлекеттиӊ тереӊ мәпдарлығын сәўлелендиреди. Өз-ара экономикалық ҳәм мәдений байланысларды беккемлеў инвестицияларды көбейтиў, саўда шараятларын жақсылаў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, пуқаралардыӊ турмысын жақсылаўға хызмет етпекте.

Бул илажлардан тысқары Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Қазақстан саўда ҳәм интеграция министри Арман Шаққалиев пенен ушырасты. Ушырасыўда Орайлық Азия санаат кооперациясы халықаралық орайын тезирек шөлкемлестириў ҳәм иске қосыў бойынша келисимге ерисилди. Қазақстан Президентиниӊ Өзбекстанға сапары ўақтында қол қойылған инвестициялық келисимлер ҳәм саўда шәртнамаларын әмелге асырыў мәселелери де додаланды.

2023-жылдыӊ 11 айы даўамында Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы товар алмасыў сезилерди дәрежеде 4,1 миллиард долларға жетти. Қазақстан саўда ҳәм интеграция министри Арман Шаққалиев ҳәм Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов арасындағы сөйлесиўлер ўақтында бул көрсеткишти 10 миллиардқа жеткериў бойынша үлкен мақсет бар.

Товар алмасыў көлемин арттырыў сөйлесиўлердиӊ тийкарғы мәселелеринен бирине айланды ҳәм еки тәреп те усы мақсетке ерисиў бойныша анық илажлар ҳаққында келисип алды. Бул процессте ҳәр еки мәмлекет базарларында товарларды алға қойыў ушын онлайн саўда майданшасынан пайдаланыўды нәзерде тутыўшы биргеликте шөлкемлестирилген  “UzKazTrade” компаниясы әҳмийетли роль атқарады.

Экономикалық раўажланыў шараятында Қазақстан түрли тараўларда сезилерли өсиўди көрсетпекте. Атап айтқанда, 2023-жылдын 11 айы даўамында мәмлекетимизде темир жол транспортында жүк тасыў көлеми 2,2 процентке, автомобиль транспортында болса 10,1 процентке өсти. Барлық транспорт түрлеринде тасылған жүклердиӊ улыўмалық көлеми 895,4 миллион тоннаны қурап, өткен жылға салыстырғанда 3,9 процентке көп. Бул мағлыўматлар регионда транспорт инфраструктурасы раўажланып, саўда байланыслары беккемленип атырғанынан дәрек береди.

Сондай-ақ, Халықаралық валюта қорыныӊ 2023-жыл ушын прогнозларына бола, Қазақстанныӊ жалпы ишки өними 259,3 миллиард долларды қураўы керек, бул 2022-жылға салыстырғанда 15 процентке көп. Бул көрсеткиш Қазақстанды жалпы ишки өним көлеми бойынша Орайлық Азия ҳәм ҒМДА мәмлекетлери арасында жетекши орынға қояды. 2028-жылға барып Қазақстанныӊ жалпы ишки өними 354,7 миллиард долларға шекем артыўы күтилмекте.

Бул экономикалық бирге ислесиў ҳәм саўда байланысларын және де тереӊлестириўге қаратылған режелер регионныӊ улыўмалық абаданлығына хызмет етеди. Соныӊ менен бирге, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дипломатиялық ҳәм саўда байланысларын беккемлеў турақлы раўажланыў ҳәм бирге ислесиў ушын қолайлы орталық жаратыўға қаратылған биргеликтеги ис-ҳәрекетлердиӊ әҳмийетли екенин аӊлатады.

Абдуазиз Хидиров, ӨзА