К.Алламбергеновтың таңламалы шығармалары түрк тилинде баспадан шықты

289

Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор, көплеген илимпазлар ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлердиң устазы, марҳум Кеңесбай Алламбергеновтың таңламалы шығармалары Қырғызстан-Түркия Манас университетиниң доценти, филология илимлериниң кандидаты Эрдал Айдоғмуш тәрепинен изертленип, «Bengu Publications» баспасы тәрепинен түрк тилинде китап болып баспадан шығарылды.

Автордың мәлим етиўинше, бул китап Түркия Республикасының 100 жыллығы мүнәсибети менен 2023-жылдың декабрь айында баспадан шығарылған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буннан алдын Эрдал Айдоғмуш тәрепинен Қарақалпақ халық ертеклери түрк тилине аўдарылып, китап болып баспадан шығарылған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги