Президент Шавкат Мирзиёев 10-январь күни Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы жумысларды таллаў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз тәрепинен Қарақалпақстан экономикасын көтериўге, адамлардың турмыс сапасын жақсылаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Кейинги жети жылда аймақта мисли көрилмеген өзгерислер жүз берди. Бурынлары 15 районнан 12 си дотацияда болған Қарақалпақстан бүгинги күнге келип, өз дәраматына ийе аймаққа айланды. Атап айтқанда, 15 триллион сум инвестиция есабынан 5 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылды. Арал теңизиниң қурыған аймағы орнында 1 триллион 800 мың гектар жасыл тоғай қурылды. 51 мың шаңарақтың турақ жай шараяты жақсыланды. 401 мәҳәлледе қурылыс оңлаў жумыслары орынланды. Халықтың турмыс дәрежеси артты.
Қарақалпақстанда бизнес жүргизиў ушын басқа ҳеш бир аймаққа берилмеген жеңиллик ҳәм имканиятлар усынылған. Атап айтқанда, тартымлы бизнес орталығы ҳәм аймақтың халқына қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде пайда, айланыстан салық, жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге төменлетилген, социаллық салық 1 процент етип белгиленген. Нәтийжеде исбилерменлердиң ықтыярында жылына 500 миллиард сум қалып атыр.
Бул жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде кейинги еки жылда Қарақалпақстанда санаат, аўыл хожалығы ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға байланыслы 7 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Бул мақсетлер ушын 400 миллион АҚШ доллары ҳәм 250 миллиард сум ажыратылды.
Экономика тармақлары ҳәм ўәлаятлар менен биргеликте Аралбойының қала ҳәм районларында көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта.
Мәжилисте 2023-жылы исленген жумыслар көрип шығылып, 2024-жылға мөлшерленген ўазыйпалар додаланды.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан халқы 2 миллоннан асты. Ҳәр жылы мийнет базарына 50 мың халық кирип келеди. Мәмлекетимиз басшысы оларды заманагөй кәсип-өнерге оқытып, дәраматлы жумыс ҳәм мүнәсип жасаў шараятлары менен тәмийинлеў керек екенине итибар қаратты.
Усы мақсетте быйылғы жылы да кең көлемли жумыслар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, санаат көлеми 23 триллион сумға жеткерилип, 2 триллион сум муғдарында жаңа қуўатлылықлар жаратылады. Тоқымашылық, электротехника, фармацевтика, қурылыс материаллары тармақларында 5 триллион сум муғдарында 24 ири жойбар иске қосылады.
2024-жылы аймаққа 2 миллиард 100 миллион доллар сырт ел инвестициясы тартылыўы мөлшерленген. Буның есабынан санаатта 206, хызмет көрсетиў тараўында 240, аўыл хожалығында 34 инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Оларда 13 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жумыс орны ашылады.
Қарақалпақстанда өндирис, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да хызметлер избе-из раўажланбақта. Имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, усы жылы экспорт көлемин 160 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.
Аўыл хожалығында жердиң өнимдарлығын арттырыў ушын сырт елден грант тартылады. 6 мың гектар жерге суўды үнемлейтуғын технология енгизилип, 31 мың гектар лазерли тегисленеди.
Мәҳәллелердиң инфраструктурасы ҳәм турақ жайлар оңланады. Жоқары технологиялық медициналық хызметке мүтәж наўқаслардың емлениўине 2,3 миллиард сум қаратылады.
Соның менен бирге, пуқаралардың басламасы тийкарындағы жойбарларға 182 миллиард сум, жыл даўамында жергиликли бюджеттен және 40 миллиард сум ажыратылады. Киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларға 10 триллион сум бериледи.
Президентимиз жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша режелер потенциалға сәйкес емеслигин атап өтип, бул бағдардағы қосымша имканиятларды көрсетип өтти.
Мәселен, 51 санаат зонасында 775 миллиард сум муғдарында 71 жойбарды баслап, 1 мың жумыс орнын жаратса болады. Ямаса 10 мың гектар бос жерди саўдаға шығарып, 20 мың исбилерменди тартыў мүмкин. Бул 50 мың жумыс орны, дегени. Сондай-ақ, руда емес кәнлерге санаатты алып кирип, 7,5 триллион сум муғдарында жойбарлар есабынан 10 мың халықты бәнт етиў мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы үлкен имканиятлардан бири туризм екенин атап өтти. Қарақалпақстанда туризмди, әсиресе, оның эко, этно, зыярат бағдарларын раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў, туризм кластерин шөлкемлестириў ҳәм тараўға сырт ел экспертлерин тартыў бойынша тапсырма берилди. Нөкис аэропортын раўажландырыў ҳәм авиақатнаўларды көбейтиў, жаңа мийманханалар қурыў, музейлерди модернизациялаў, жол бойы хызметлерин кеңейтиў ўазыйпалары көрсетип өтилди.
Германия, Қубла Корея, Япония ҳәм Түркиядан қәнигелерди мирәт етип, жасларды шет тили, мәлимлеме технологиялары, дизайн, мийманхана хызмети сыяқлы 17 түрдеги заманагөй кәсиплерге оқытыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жуўапкерлер Қарақалпақстанды жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў ушын барлық имканиятлар бар екенин атап өтип, бул бағдардағы илажларды белгилеп алды.
ӨзА