Пуқаралық ислери бойынша Қоӊырат районлар аралық судының 2017-жыл 20-январьдағы орынлаў ҳүжжетине тийкарланып өндириўши Б.Ибраимованың пайдасына тәрбиясындағы бир перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар Р.Утарбаевтыӊ ҳәр айдағы дәраматының 1/4 бөлеги муғдарында алимент напақасын өндириў белгиленди.
Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Қоӊырат районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түсип, мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген. Бул ҳәрекетлер даўамында мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардыӊ ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы нызамныӊ 421-статьясына тийкарланып Утарбаев Рамиль Батибаевичтиӊ Өзбекстан Республикасынан тысқарыға шығыў ҳуқықына 2023-жылдыӊ 27-июнинен шеклеў орнатылған еди. Соныӊ ақыбетинде қарыздар октябрь айында бюроныӊ Қоӊырат районы бөлимине келип, мәмлекетимиздиӊ тысқарысына шығыў зәрүрлигин билдирген.
Бөлимниӊ мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-октябрьдеги 808-санлы қарары менен тастыйықланған “Алиментлерди алдын-ала төлеў, сондай-ақ, алимент төлеў миннетин тәмийинлеў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў тәртиби ҳаққында”ғы реже талабы бойынша түсиник жумыслары алып барылды.
Қарыздар әке пуқаралық ислери бойынша Қоӊырат районлар аралық судына арза менен мүрәжат етип, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-октябрьдеги “Алиментлерди алдын-ала төлеў, сондай-ақ, алимент төлеў миннетин тәмийинлеў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, өзи тәрепинен келешекте төлениўи тийис болған 5 жыллық алимент пулын алдын-ала төлеў тилегин билдирген. Усы мүнәсибет пенен 2023-жылдыӊ 20-декабринде суд тәрепинен алимент пулын алдын-ала төлеўге рухсат берилген ҳәм қарыздар тәрепинен 110 миллион 506 мыӊ 674 сум алимент пулы төлеп берилген. Мәжбүрий орынлаў бюросы Қоӊырат районы бөлими тәрепинен оныӊ Өзбекстан Республикасынан тысқарыға шығыў ҳуқықына шеклеў 2023-жылдыӊ 28-декабрь күни ўақтынша бийкар етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги