Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-январь күни экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтши Сума Чакрабарти менен әмелий ушырасыў өткерди.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеӊбериндеги реформалардыӊ барысы ҳәм олардыӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша гезектеги қәдемлер көрип шығылды.

Стратегияны мәмлекетимизде Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы деп жәрияланған 2024-жылы әмелге асырыўдыӊ әмелий жақларына айрықша итибар қаратылды.

Сырт ел инвестицияларын тартыўды жеделлестириў, исбилерменлик ҳәм жеке мүлк ушын кеӊ имканиятларды қәлиплестириў, илим, инновациялар ҳәм IT тараўын раўажландырыў, “жасыл” ҳәм санлы технологияларды енгизиў сыяқлы бағдарларда ишки резервлерди және де нәтийжели иске қосыў ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилер менен шерикликти беккемлеў мәселелери додаланды.

ӨзА