Суд ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўдағы өзгерислер

Дүньяныӊ алдыӊғы демократиялық мәмлекетлеринде суд ҳүжжетлерин орынлаўда қәлиплескен тәжирийбе ҳәм әмелиятты таллаўы тараўда узақ мүддетли системалы реформаларды әмелге асырыў зәрүрлигин көрсетпекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 3-январь күнги “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардыӊ ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардыӊ ҳүжжетлерин орынлаў системасын жетилистириўге, бүгинги күнниӊ талабы болған тараўды санластырыўға хызмет етеди.
Мажбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хизметиниң мәлим етиўинше, усы пәрманға муўапық 2024-жыл 1-майдан баслап суд ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлерин электрон түрде бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизиледи. Онда экономикалық ислер бойынша суд ҳүжжетлери тийкарында берилетуғын орынлаў ҳүжжетлерин тек электрон түрде бериў (жибериў, усыныў) тәртиби жолға қойылады. (Өзбекстан Республикасынан сыртта орынланыўы тийис болған орынлаў ҳүжжетлери буған кирмейди).
Ал, пуқаралық, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм ҳәкимшилик судының ҳүжжетлери тийкарында берилетуғын орынлаў ҳүжжетлери, қағыйда сыпатында, электрон түрде, орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасынан сыртта орынланыўы тийис болған жағдайда яки тәреплердиң өтиниши бойынша болса – судтың мөри менен тастыйықланған ҳалда қағаз түринде берилиўи (жиберилиўи, усынылыўы) мүмкин. Суд ҳүжжетлери тийкарында берилетуғын орынлаў ҳужжетлери QR-код (матрик штрихли код) пенен тастыйықланған ҳалда электрон санлы қолтаңба менен рәсмийлестириледи.
Юридикалық шахслар тәрепинен суд ҳүжжетлери тийкарында берилген орынлаў ҳүжжетлери ҳәм орынлаў исин жүргизиўи шенберинде қабыл етилген қарарлар, басқа ҳүжжетлер олардыӊ салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы алынады ҳәм усынылады. Физикалық тәреплер ушын болса бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы яки интерактив хызметлерди көрсететуғын терминаллар арқалы суд ҳүжжетлери тийкарында берилген орынлаў ҳүжжетлерин, орынлаў иси жүргизиўи шенберинде қабыл етилген қарарлар ҳәм басқа ҳүжжетлерди алыў және усыныў имканияты жаратылады.
Пуқаралардан қарыздарлығы ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дәрамат белгиленеди. Бунда дәраматлардың кепилленген ең кем муғдары пуқаралардың қарыздарлығы бойынша пул қаржыларын өндириўде қолланылады ҳәм белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының ярымына туўра келеди. Яғный, пуқараның банк есап бетлеринен, сондай-ақ банк карталарынан орынлаў хүжжетлери тийкарында қарыздарлық бойынша пул қаржыларын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының ярымына тең болған қаржылар есабынан услап қалыўға (есаптан шығарыў) жол қойылмайды.
2024-жылдыӊ 1-декабринен баслап суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардыӊ ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўши “Миннетлемелер реестри” институты енгизиледи. Ол Мажбүрий орынлаў бюросы тәрепинен жүргизиледи. Онда қарыздар мүлкиниӊ жоқлығы себепли өндириўди әмелге асырыў имканияты болмағанда, бул ҳаққындағы мағлыўматлар мәжбүрий тәртипте реестрге киргизиледи. Қарыздар ҳаққында мағлыўмат Реестрге киргизилгеннен кейин оған орынлаў иси шеңберинде қолланылған барлық шеклеўлер сақлап қалынады. Реестрге киргизилген қарыздардың мүлки ҳәм пул қаржылары анықланғанда мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери қайта даўам еттириледи.
Қарыздар орынлаў хүжжети бойынша миннетлемесин орынлағанда, ол қайтыс болғанда, орынлаў хүжжетин бериўге тийкар болған суд яки басқа уйымныӊ ҳүжжети бийкар етилгенде яки ҳақыйқый емес деп табылғанда, қарыздардың 10 жыл даўамында мүлки яки пул қаржылары ҳаққында мағлыўмат анықланбағанда, қарыздар банкрот деп табылғанда, өндириўшиниң арзасы бойынша ол ҳаққындағы мағлыўматлар Реестрден шығарылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги