Қәдириятларға бай елимиздиң имканиятлары кеңеймекте

184

Нөкис районындағы Кердер аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 27-санлы улыўма билим бериў мектебинде аймақ турғынларының қатнасыўында  «Жаңа турмыс ушын,  Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.

Онда Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист А.Өтениязова,  Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы директорының орынбасары П.Мамутов,  «Нураный» қорының баслығы Ж.Қайпов, Нөкис районы бас имам хатиби А.Салимов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Н.Тоимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, 2023-жылдың 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеси мәжилисиндеги Президентимиз тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар,  жаңа басламалар ҳәм ўазыйпалардың әҳмийети, бүгинги күндеги үлкен көлемдеги жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, алға қойылған ўазыйпалар ҳәм жаңа басламалардың бүгингидей глобалласыў дәўиринде өсип киятырған жас әўладты мәдений ҳәм руўхый қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда әҳмийети оғада үлкен.

Себеби, халықтың руўхый жақтан жетик ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлерге ийе болыўы жәмийеттиң алға илгерилеўине, раўажланыўына тийкар жаратады. Ал, тез пәт пенен раўажланып атырған жәмийетке мүнәсип болған, ҳәр тәреплеме руўхый жетилискен ҳәм кәмил инсанларды тәрбиялаў, қәдириятларға бай елимиздиң имканиятларын және де арттырыў ҳәр биримиздиң ең тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.

Президентимиз аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде 2023-жылы 30-март күни республикамызға келип, өткерилген мәжилисте Қарақалпақстандағы мәҳәллелердиң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатуғынлығын айтқан еди.

Бул ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры дүзилип, мәҳәллелердиң ҳәр бирине ажыратылған 500 миллион сумлық қаржылардың есабынан олардың инфраструктурасын жақсылаў, ишки жолларды оңлаў, пиядалар жолын салыў ҳәм басқа да сол сыяқлы аймақлардағы ең әҳмийетли мәселелерге шешим табылды. Бул жаңаланыўлардан мәҳәллелердеги турғынлардың да қуўанышы шексиз.





Илаж даўамында викторина ойынлары өткерилди ҳәм белсене қатнасқанларға китаплар саўға етилди.

Ушырасыў кешеси районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Республикамыз бойлап орынларда «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында өткерилип атырған руўхыйлық-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги